Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мойнақ районында Ҳәким атанының мавзолейи қурылмақта



Адамзатты руўхый пәкликке ҳәм жетикликке ерисиўге шақырған Ислам дининде қәлиплескен суфизмниң ең белгили ўәкиллериниң бири Сулайман Бақырғаный болып табылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты веб-сайты мәлим етти.
Ол түркий халықлар арасында Ҳәким ата аты менен белгили. Бул ат оған устазы Хожа Аҳмед Яссаўий тәрепинен оның тапқырлығы, билимлилиги ҳәм терең ой-пикир ийеси болғаны ушын берилген.
Ҳәким ата Сулайман Бақырғаныйдан бизге мийрас болып қалған шығармаларының тийкарғы идеясы адам өзиниң нәпсин тыйыўы, тәўбеге келиўи, өзиниң руўхы ҳәм денесин пәклеўи, байлық ҳәм артықша мал-дүньяға умтылыўдан өзин аўлақ тутыўы кереклиги, адам қанаатлы ҳәм сабыр-тақатлы, инсаплы ҳәм ийманлы болыўға умтылыўы зәрүрлиги ҳәм усы сыяқлы ҳикметлер, әмеллерден ибарат.
Ҳәким ата өзиниң «Бақырған китабы», «Бийби Мәрьям», «Қыссасы Ибраҳим Ҳалил» ҳәм басқа да китаплары арқалы суфизм тәлийматының раўажланыўына үлкен үлес қосқан ҳәм оларды түркий халықлар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаған. Оның шығармалары сол дәўирдиң өзинде-ақ Маўараўннахр, Қыпшақ ҳәм Волга бойларында кеңнен тарқалған.
Сулайман Бақырғаный шығармалары әдеп-икрамлылық, адамның жәмийетте тутқан орны, ҳадаллық, мийнет, ийман-инсап, улыўма тәрбиялық әҳимийетке ийе болып есапланады.
Уллы ойшыл бабамыз, жерлесимиз 1180-жыллары дүньядан өтип, Мойнақ районы «Дослық» аўылындағы өзиниң атына қойылған «Ҳәким ата» қәбирстанына жерленген.
Ҳәзирги ўақытта мақбара қайта салынып, зиярат орны абаданластырылмақта.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
 
    2019-02-12 11:33:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine