Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ministrler Keńesi baslıǵı Ámiwdáryada kóshpeli qabıllaw ótkerdi



 Derek:karakalpakstan.uz
 
Әмиўдәрья районы Ойшын мәденият орайында көшпели қабыллаў өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңеси баслығы, 1-сектор баслығы Қаҳрамон Сариев, район ҳәкими Султанбай Юлдашев, райондағы секторлар баслықлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер баслықлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Ойшын аўылында өткерилген қабыллаўда пуқаралардың арызлары тыңланды. Өз шешимин күтип турған мәселелерди шешиўге әмелий көмек берилди. Айырым социаллық әҳмийетке ие машқалалар жуўаплы шөлкем басшыларының жәрдеминде шешимин тапты.
Мүрәжаттың айырымлары аўыл аймағындағы орынларды оңлаў, транспорт инфраструктурасын жақсылаў, электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, жергиликли ҳәм ишки хожалық жолларын оңлаў, балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин жақсылаў сыяқлы мәселелер болды.
 
    2019-11-05 16:35:12 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine