Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Министрлер Кеңесинде Өзбекстан-Қытай бизнес-форумы болып өтпекте



Бүгин, яғный 25-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәжилислер залында Өзбекстан-Қытай бизнес-форумы өткерилмекте.
Бул илаж Өзбекстан Республикасының Қытай Республикасындағы елшиханасы басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Инвестиция комитети ҳәм Өзбекстан Саўда санаат-палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Министрлер Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Форумда Қарақалпақстанның рәсмий ҳәм исбилермен шеңберлери, сондай-ақ аўыл хожалығы, саўда, инженерлик, хызмет көрсетиў, химия, қурылыс ҳәм азық-аўқат санааты тараўларында жумыс ислейтуғын ири Қытай компаниялары ўәкиллери қатнаспақта. Олардың арасында Қытай миллий нефт-газ корпорациясы, Қытай миллий қурылыс материаллары компаниясы, Қытайдың инвестициялық мүлкин басқарыў бойынша халық аралық корпорациясы, CITIC GROUP, «Anhui Shuian Construction Group Co., LTD.» ҳәм басқалар бар.
Илаж соңында Қарақалпақстан исбилермен шеңберлери ўәкиллери ҳәм Қытай компаниялары ўәкиллери ортасында «B2B» сөйлесиўлеринде бир қанша келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.
    2018-10-25 11:39:52 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine