Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Миллий гвардия командириниң орынбасары институт студентлери менен ушырасты



Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға арналған ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы командириниң орынбасары, полковник Шавкат Шакиров, тийисли тараў хызметкерлери ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Атап өтилгениндей, Миллий гвардия – арнаўлы әскерий бөлим болып, оның жумысы жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин жүзеге шығарыў, халықты ҳәр қыйлы террористлик қәўиплерден, жынаят ҳәм басқа нызамсыз ҳәрекетлерден қорғаўға бағдарланған.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы командириниң орынбасары, полковник Шакиров институттың бир топар белсенди студентлерине Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының ҳүрмет жарлықларын тапсырды.
 
    2019-01-31 17:16:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine