Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Mikrokreditlew limitleri kóteriledi



Derek: Norma.uz
 
Президент 23.07.2019-жылдағы «Микрофинанслық хызметлер ғалабалығын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4400-санлы қарарын тастыйықлады.
2019-жыл 1-августтан баслап тараўда бир қанша өзгерислер жүз береди:
Бириншиден, микроқарыздың ең жоқары муғдары 50 млн сўмға шекем, микрокредит муғдары – 300 млн сўмға шекем ҳәм микролизинг муғдары – 600 млн сўмға шекем асырылады;
екиншиден, микрокредит шөлкемлери ҳәм ломбардлар искерлигин әмелге асырыў ҳуқықына лицензия бериў ҳаққындағы арзаны көрип шығыў мүддети 30 күннен 15 жумыс күнине шекем қысқартылады;
үшиншиден, микрокредит шөлкемлери барлық исенимли (бланкалы) кредитлердиң олар қәлиплестирген устав фондына процентин еркин белгилейди;
төртиншиден, АЖ формасында шөлкемлестирилген микрокредит шөлкемлери корпоратив облигацияларды шығарыў ҳәм оларды тек ғана юридикалық шахслар ортасында жайластырыўға ҳақылы;
бесиншиден, сырт ел микрокредит шөлкемлери Өзбекстанда искерлик әмелге асырып атырған микрокредит шөлкемлериниң устав фондына қатнасыўы мүмкин.
 
    2019-07-24 17:58:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine