Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша және бир ҳүжжет қабыл етилди



29-октябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев «Барлық дәрежедеги мәмлекет ҳәкимияты органлары басшыларының мәжбүрий мийнетке жол қоймаў ҳәм оның ҳәр қандай көринислерине шек қойыў бойынша жуўапкершилигин арттырыў ҳаққында»ғы пәрманына қол қойды.
29-октябрь күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тапсырмасына тийкар Министрлер Кабинетинде мәжбүрий мийнетке жол қоймаў ҳәм оның ҳәр қандай көринисине шек қойыў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысы өткерилди. Бул ҳаққында Дарё.уз хабар берди. Жыйналыста өткен ҳәптеде социаллық тармақта кең талқыланған Ташкент ўәлаятының Оққўрғон районында бийдайды суўғармағаны ушын алты адамның ағып турған салмаға кийими менен түсирилгени менен байланыслы мәселе додаланды.
Бас министр Абдулла Ариповтың айтыўына қарағанда, 25-октябрьде адамларды салмаға түсириўге мәжбүр қылған Өзбекстан Бас министр орынбасары Зойир Мирзаевты жумыстан босатыў ҳаққындағы Президент қарары 27-октябрьде қабылланған. Бирақ конституцияға муўапық, шемби ҳәм екшемби күнлери ҳеш қандай қарар ҳәм пәрманлар қабылланбаўы себепли, бул қарарды 29-октябрь күни жәриялаған. Президент, «Нызам ҳәммеге тең, жаза анық», деп айтқан.
Абдулла Ариповтың айтыўы бойынша, мәжбүрий мийнет бойынша келип түскен мүрәжатлар аймақларға барып үйренилмекте. Мийнет нызамшылығын бузған, мәжбүрий мийнетке жол қойған бир қатар ҳәкимлер өз лаўазымынан азат етилген. Көплеген ўәлаят ҳәкимлерине интизамий жаза шаралары қолланылған.
Жыйналыста айтылыўынша, Оққўрғондағы ҳалатқа гүўа болған Ташкент ўәлаяти прокуроры орынбасары, ўәлаят ҳәкими орынбасары ҳәм басқа лаўазымлы шахслар өз лаўазымынан азат етилген. Сондай-ақ, Бас прокуратура да бул жағдайды нызам шеңберинде қатаң қадағалаўға алған.Пәрман менен Өзбекстан бас прокурорына аўыл хожалығы тараўында жумысты шөлкемлестириў бойынша жол қойылған қопал нызамбузыўшылықты ҳәр тәреплеме үйрениў бойынша тапсырма берилген.
 
    2018-10-30 11:16:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine