Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Меҳрийбанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине қосымша штат бериледи



Тәрбияланыўшыларының саны 200 ден зыят болған «Меҳрийбанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине 2 психолог штаты бериледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2019-жыл 11-февральдағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасынан айырылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Халық билимлендириў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Меҳрийбанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине 1 психолог штат бирлиги, сондай-ақ, тәрбияланыўшыларының саны 200 ден көп болған «Меҳрийбанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине 2 психолог штат бирликлерин  киргизеди.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-02-12 11:32:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine