Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мессенджерлерде қәўипли вируслар пайда болды



Trustlook Labs корпорациясының қәнигелери уялы телефонлардағы барлық мессенджердеги мағлыўматларды урлайтуғын вирусты анықлады. Бул ҳаққында корпорация блогында хабар берилген. Вирус телефонлардағы антивирусты шетлеп өтип, системаға өзиниң анықлаў кодын көрсетпейди. Бул вирус телефонлардағы Telegram, Viber,Facebook, Messenger, Skype, Line ҳәм басқа да мессенджерлердеги мағлыўматларды урлайды. Қәнигелердиң билдириўинше, кибер жынаятшылар алынған мағлыўматлар арқалы телефон ийесине басым өткериў ушын пайдаланады, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Кибер қәўипсизлик бойынша қәнигелер зыянлы бағдарламаны биринши болып Қытайдың Cloud Module бағдарламасында анықлаған. Вирусты өзинде сақлаўшы пакет com.android.boxa деп аталады. Ол Android бағдарламасы ҳәм басқа бағдарламалардың интернет-магазинлери арқалы тарқалыўы мүмкин екенлиги айтылмақта.
 
    2018-04-06 12:18:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine