Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мәмлекеттиң ишки шегаралары қайтадан көрип шығылады



Министрлен Кабинети тәрепинен 2018-жыл 23-апрель күни «Административлик-аймақлық бирликлердиң шегараларын анықлаў, жер ресурсларын инвентаризациялаў ҳәм жайлаўлар ҳәм пишензарлықларды геоботаникалық изертлеўлер тәртибин еле де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 299-санлы қарары қабылланды, деп хабар беради Norma.
Ҳүжжет жерлерди басқарыў тараўындағы еки баслы машқаланы шешиўге қаратылған.
Биринши машқала. Мәмлекет ишиндеги айырым бөлек аймақлардың шегаралары координатада системаға жалғанбаған.
Бул болса дизимге алыў, дизимнен шығарыў, оларды алып таслаў, жер қатнасықларын тәртипке салыў сыяқлы машқалаларды келтирип шығарады. Ўәлаяттың административлик шегараларын белгилеў бойынша жумыслар системалы жолға қойылмағаны себеп ишки шегараларды белгилеўде түрли машқалалар бар.
Соның ушын, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекет кадастры мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәм қала ҳәкимликлери менен биргеликте 2018-2021-жыллар даўамында административлик-аймақлық бирликлердиң шегараларын белгилеў тапсырылған.
Екинши машқала. Бар болған 21 миллион гектар жайлаў ҳәм пишензарлықлардан нәтийжесиз пайдаланылмақта.
Соның ушын, 2018-2021-жыллар жайлаўлар ҳәм пишензарларды геоботаник үйрениў менен жер ресурсларын инвентаризациялаў әмелге асырылады. Ҳүжжет миллий нызамшылық базасында жәрияланған ҳәм 2018-жылдың 1-майынан баслап күшке кирген.
 
    2018-05-04 12:10:58 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine