Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мәмлекетлик салық хызмети органлары тәрепинен улыўма паспортластырыў процесси басланды



Салық реформаларын әмелге асырыў процессинде исбилерменлик субьектлери тәрепинен салық нызамшылығына бойсыныўын профилактика етиў мақсетинде улыўма паспортластырыў (көзден өткериў ҳәм сораў өткериў) илажлары өткерилмекте. Бул ҳаққында Мәмлекет салық комитети хабар берди.
Бул илажлар хожалық субъектлерин тексериў менен улыўма байланыслы емес. Тийкарғы мақсет исбилерменлерге салық нызамшылығына бойсыныўларында көмеклесиў  ҳәм мәслаҳат бериўден ибарат.
Илажлар даўамында исбилерменлик субьектлерине салыстырғанда ҳешқандай ҳәкимшилик ҳәм финанслық жәриймалар қолланылмайды. Жүзеге келген түсинбеўшиликлер ҳәм кемшиликлер бирге ислесиў арқалы сапластырылады.
Мағлыўмат орнында: илажларға салық хызмети органларының  2 558 хызметкери  тартылып, дәслепки еки күнде  19 032  объект көзден өткерилди.
    2019-02-20 16:39:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine