Мәмлекетлик хызметлер агентлиги 1 жаста
12-декабрь Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги қала ҳәм районларда Мәмлекетлик хызметлер орайлары (МХО) шөлкемлестирилгенине 1 жыл болды. Бир жыл даўамында Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 100 мыңға шамалас хызметлер көрсетилди. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 461-санлы қарары бойынша Орайға 2400 ге шамалас мүрәжат келип түсти. Соннан 1 мың 200 ге шамалас өз басымшалық пенен салынған жайларға Нөкис қаласы ҳәкиминиң қарары шығарылып, пукаралардың жайларына мүлк ҳуқықы берилди. Сәне мүнәсибети менен Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайында байрам кешеси көтеринки руўҳта шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Казбек Артыков пуқараларға байрам саўғаларын тапсырды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси Қуралай Оспанова хабар берди.