Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мәмлекет басқарыўы академиясы аймақлық филиалларында ҳәким орынбасарлары көнликпе арттырады



Мәмлекет басқарыўы академиясы аймақлық филиалларында ҳәким орынбасарлары көнликпе арттырады
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-август күнги қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Рсепубликасы Президенти жанындағы Мәмлекет басқарыўы академиясының аймақлық филиаллары искерлигин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққындағы Ҳүкимет Қарары қабылланды, деп жазады “Ҳуқуқий ахборот” каналы.
Қарарға муўапық, Мәмлекет басқарыўы академиясы ҳәм оның аймақлық филиалларында 2018-2019-оқыў жылында жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органларының аймақлық дүзилислери, сондай-ақ, мәмлекетлик емес ҳәм басқа шөлкемлер басқарыў кадрларының көнликпе арттырыў кестеси тастыйықланды.
Академия Жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў министрлиги менен биргеликте ҳәр жылы сентябрь айынан баслап аймақлық филиалларында заманагөй билимлендириў технологияларын енгизген ҳалда жоқары дәрежеде жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары, мәмлекет басқарыўы органларының аймақлық дүзилислери ҳәм басқа мәмлекет шөлкемлери басқарыў кадрларының көнликпесин арттырыў курсларын шөлкемлестириўин тәмийинлейди.
 
Көнликпе арттырыў курслары тыңлаўшылары Академияның мәлимлеме-ресурс орайы электрон әдебиятлар фондынан бийпул пайдаланады.
Буннан тысқары, жумыс орнынан ажыралған ҳалда көнликпе арттырыў курслары ҳәм оқыў-әмелий семинарларға жиберилген тыңлаўшыларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте суткалық транспорт қәрежетлер төлеп бериледи.
Январь ҳәм февраль айларында Республиканың барлық район (қала) ҳәкимлериниң орынбасарлары көнликпе арттырады.
Хожалық басқарыўы органларының аймақлық дүзилислери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм басқа шөлкемлер, сондай-ақ исбилерменлик субъектлериниң буйыртпаларына бола төлемли-контракт тийкарында көнликпе арттырыў курслары шөлкемлестириледи.
    2018-10-04 07:09:22 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine