Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Mektep oqıwshıları Nur-sultan qalasındaǵı xalıq aralıq jarısta qatnaspaqta



Derek: kknews.uz
 
Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма  билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген «Жайҳун» командасы Қазақстан Республикасының Көкшетаў қаласында болып өтетуғын халықаралық жас қутқарыўшылар жарысына қатнаспақта. Дәслеп Астана қаласына жетип барған жерлеслеримизди Өзбекстанның Қазақстандағы елшиханасы ўәкили Д.Ҳакимов күтип алды.
Усы жылдың 15-19-июль күнлери аралығында Көкшетаў қаласында болып өтетуғын жарысқа Россия, Әзербайжан, Беларуссия, Қырғызстан сыяқлы дүньяның 12 мәмлекетинен жас қутқарыўшылар командалары қатнасыўы күтилмекте.
Жарыс улыўма 11 шәрттен ибарат. Мағлыўмат ушын, пайтахтымыздағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген «Жайҳун» командасы усы жылдың 16-18-май күнлери болып өткен Өзбекстан басқышында 1-орынды ийелеп, халықаралық басқышта республикамыз атынан қатнасыў ушын жоллама алған еди.
 
    2019-07-16 18:05:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine