Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мәкан пуқаралар жыйынлары, мектеплер ҳәм «Меҳрийбанлық үйлери»не китаплар бийпул жеткерип бериледи



Усы жылдың 5-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жумысларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тастыйықланды.
Қарар тийкарында:
- Жазыўшылар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы бөлимлерине қосымша штатлар ажыратылды;
- «Ижод» жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилип, олардың Қәўендерлик кеңеслерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери баслық, аймақлардағы университет ҳәм институтлар ректорлары баслықтың орынбасарлары сыпатында бириктирилди. Сондай-ақ, республика бойынша «Китап акциясы» илажларын турақлы түрде жолға қойған ҳалда, мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм мектеплер, «Меҳрийбанлық үйлери»не «Ижод» жәмийетлик қорының қәўендерлигинде басып шығарылған китапларды бийпул жеткерип бериў ҳаққындағы усыныслар мақулланды.
 
    2018-04-10 12:14:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine