Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Медицина хызметкерлериниң айлығы көбейеди



Мәмлекетлик медицина мәкемелери ҳәм ден саўлықты сақлаўды басқарыў органлары хызметкерлерин материаллық хошаметлеўди күшейтиў ис-илажлары ҳаққындағы  Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик медицина мәкемелери  медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақ төлеў муғдарлары 2018-жыл 1-декабрден  1,2 есе ҳәм
2019-жыл 1-апрельден 1,15 есе асырылады.
Қарар менен Ден саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Инновациялық ден саўлықты сақлаў миллий палатасына 2019-жыл 1-июльге шекем медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақ төлеў системасы бойынша төмендегилерге бағдарланған усынысларды ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди:
 - мәмлекетлик медицина мәкемелери медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң лаўазымына ҳәм маманлығына, көрсетилген медициналық жәрдемниң қурамалылық ҳәм жуўапкершилик дәрежеси, сондай-ақ, емлеў-профилактика мәкемелери қәнигелестирилгенлигине қарап базалық айлықларын енгизиў;
 - медицина хызметкерлери искерлигин ҳәм мийнети нәтийжелилигин баҳалаўдың заманагөй усылларын енгизиў;
 - медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин материаллық хошаметлеўдиң әмелдеги тәртибин түп тийкарынан қайта көрип шығыў;
 - өрнек көрсеткен шыпакерлерге тариф ставкасының 100 процентине шекем болған муғдарда ҳәр айлық жеке үстемелер белгилеў.
Сондай-ақ қарар менен Ден саўлықты сақлаў министрлиги жанында Раўажландырыў ҳәм ден саўлықты сақлаўды баскарыў органлары хызметкерлерин материаллық хошаметлеў фонды шөлкемлестирилди.
Фонд қаржыларынан ден саўлықты сақлаўды басқарыў органлары  хызметкерлерин хошаметлеў, материаллық жәрдем, қосымша ҳақлар, үстемелер бериў, үй-жай менен тамийинлеўди жақсылаўға жумсалатуғын қәрежетлерди финансластырыў ҳәм ден саўлықты сақлаў системасын раўажландырыўдың басқа мақсетлери ушын пайдаланылады.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-11-08 17:37:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine