Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«VIII Социаллық медиа өнимлер миллий фестивалы»



Таңлаў Өзбекистан электрон Ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы тәрепинен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциалық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетлериниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмәәтлик  фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы көмегинде шөлкемлестирилди. Елимизде сегизинши мәрте өткерилип атырған таңлаў Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўы алдынан өткерилгени менен де әҳмийетли болды. Онда мәмлекетимиз көлеминдеги
15 мәмлекетлик емес радиостанциялар өзлериниң 150 ден аслам радио өнимлери менен қатнасты. Өзбекистан электрон Ғалаба хабар кураллары миллий ассоциациясы эксперт кеңеси топары тәрепинен ең жақсы деп табылған мийнетлер таңлап алынды.

 «Нөкис-ФМ» радиосы бул таңлаўда «Халықтың, әсиресе, жаслардың сайлаўға байланыслы ҳуқуқый санасы ҳәм мәдениятын жоқарылатыў»ға қаратылған ең жақсы социаллық ролик номинациясы бойынша жеңимпаз болды. Таңлаўда буннан басқа «Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 25 жыллығына арналған «Мен елимди сүйемен!» ҳәм «Пуқаралардың сиясий белсендилигин жоқарылатыў»ға қаратылған ең жақсы социаллық ролик атамасындағы номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды.
2-декабрь күни Ташкент қаласындағы «International Tashkent Hotel» мийманханасында болып өткен таңлаўдың сыйлықлаў мәресиминде «Нөкис-ФМ» радиосының баслаўшысы Тё Игорь қатнасты.

Лола ҚАЛЛИХАНОВА
«Нөкис-ФМ» радиосының
хабар бөлими редакторы
 
    2016-12-07 06:27:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine