Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Mámleketlik xızmetler orayları jańa imaratlarda



Derek: karakalpakstan.uz
 
Усы жыл декабрь айында Шымбай, Қоңырат ҳәм Әмиўдәрья районлары Мәмлекетлик хызметлер орай имаратлары қурылып питкерилип пайдаланыўа тапсырылды. Усы имаратларда мүрәжат етиўшилер ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Тийкарынан жумсақ мебеллер менен тәмийинленген, қолайлы күтиў заллары, китапхана, электрон нәўбет, жас балалы аналар ушын арналған балалар майданшалары орналастырылған. 
Орай имәратлары ишинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң районлық Халық қабыллаўханасы, Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, Әдиллик бөлими ҳәм Нотариус жайласқан. Бүгинги күнде республикамыздың көплеген аймақларында Мәмлекетлик хызметлер орайларының жаңа заманагөй ҳәм ҳәр тәреплеме қолайлы архитектуралық көриниске ийе болған  имәратлары избе-из пайдаланыўға тапсырылмақта.
 
    2019-12-30 15:44:39 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine