Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Махым 2018-жылдың Өзбекстандағы ең жақсы шахматшысын артта қалдырды



Усы жылдыӊ 24-январь – 2-февраль күнлери Ташкент қаласында ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында спорттыӊ шахмат түри бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти. Онда мәмлекетимиздиң 100 ге шамалас ақыл-ой шеберлери күш сынасты.
Чемпионатта Тақыятас районынан шахматшы Махым Оразмуҳаммедова 9 имканияттан 7,5 упай топлады ҳәм 2018-жылдың Өзбекстандағы ең жақсы шахматшысы деп есапланған Умида Аманованы да артта қалдырды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Өткен жыллар ишинде бир неше мәрте мәмлекет чемпионы, Азия ҳәм Батыс Азия чемпионатының гүмис медалларын қолға кириткен М. Оразмуҳаммедованы   чемпионатларға тренери Абдикарим Тураев таярлап келмекте.
 
Қурал КЕҢЕСБАЕВ
Дерек: kksport.uz
    2019-02-06 16:36:05 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine