Lawazımlı shaxslar múlki hám dáramatların deklaraciyalaydı
Derek: norma.uz
Бул Президенттиң 2019-жыл 27-май күнги «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын еле де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы
Пәрманында нәзерде тутылған. Мәлим бир тайпадағы мәмлекет хызметшилериниң мүлки ҳәм дәраматларын декларациялаў системасы басқышпа-басқыш енгизиледи.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги, Финанс министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргекликте үш ай мүддетте тийисли усынысларды Министрлер Кабинетине киритеди.