Кредитлеўдиң жаңаша тәртиби енгизиледи
Өзбекстанда 2019-жыл 1-апрельге шекем кредитлеўдиң жаңаша тәртиби енгизиледи. Бул ҳаққында Президенттиң «Урбанизация процеслерин түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында нәзерде тутылған, деп жазады Daryo.uz.
Орайлық банкке коммерциялық банклер менен биргеликте көрсетилген сәнеге шекем жаңа тәртипти ислеп шығыў тапсырылған.
Оған бола, исбилерменлик, тутыныў, ипотека ҳәм басқа кредитлер бойынша банкке мүрәжат етиў орны бойынша дизимде турыўдың мәжбүрийлиги ҳаққындағы талап бийкар етиледи.
Ислам Матеков.
Дерек: http://karinform.uz