Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Konsullıq dizimde turıwshı puqaralarǵa sırt elge shıǵıw pasportları beriledi



Derek: @huqiqiymalimleme
 
Ҳүкиметтиң тийисли қарары менен консуллық дизиминде турыўшы Өзбекстан пуқараларына сырт елге шығыў биометрикалық паспортын бериў тәртиби белгиленди
 Қарар менен тастыйықланған режеге көре, консуллық дизиминде турыўшы пуқараларға сырт елге шығыў биометрикалық паспортын бериў, рәсмийлестириў ҳәм алмастырыў:
 -  сырт елдеги консуллик мәкемелери;
 -  Сыртқы ислер министрлигиниң Консуллық-ҳуқықый департаменти;
 -  Сыртқы ислер министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады.
Консуллық мәкемелери тәрепинен сырт елге шығыў биометрикалық паспорты төмендеги Өзбекстан пуқараларына рәсмийлестириледи:
 -  сырт елде турақлы жасайтуғын ҳәм турақлы консуллық дизиминде туратуғын;
 -  Өзбекстан аймағында турақлы жасайтуғын ҳәм 6 айдан көп мүддетке хызмет сапары, оқыў, емлениў, контракт бойынша ислеў, шаңарағы менен бирлесиў мақсетинде сырт елге ўақтынша жасаў ушын шыққан ҳәм консуллық мәкемелеринде ўақтынша дизимде турған.
Сырт елге шығыў биометрикалық паспортын рәсмийлестириў Өзбекстан аймағында мағлыўматларды жыйнаў пункти тәрепинен қабыл етилген күннен баслап 10 күн мүддетте, сырт елде болса – дипломатиялық почта жиберилиўи кестесине муўапық әмелге асырылады.
 
    2020-02-04 13:40:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine