Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қоңыратта баҳасы 23 миллион сумнан аслам суў қубырларын урлаған шахслар усланды



Усы жылдың 28-январь күни саат 22:00лерде Қоңырат районында жасайтуғын К.С. ҳәм С.Д.лар «Рәўшан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өткен, «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған улыўмалық баҳасы 23 130 250 сумлық темир суў қубырларын урлап баратырған ўақтында ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен қолға алынған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар берди.
Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери жүргизилмекте.
 
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
    2019-02-07 15:28:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine