Қоңырат ҳәкими «Мийнет абат» аўылында халық пенен ушырасыў өткерди
Қоңырат районы ҳәкими райондағы сектор басшылары ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Мийнет абат» аўылында халық пенен ушырасыў өткерди. Көшпели қабыллаўда 30дан артық пуқаралар мүрәжат етти. Олардың көпшилиги орынның өзинде шешимин тапты.
Атап айтқанда, аймақтағы жолларды оңлаў, ишимлик суў мәселеси 2019-жылдың аймақларды рауажландырыў бағдарламасына киргизилетуғын болды.
Соның менен бирге, аўылға 12 километрден артық ишимлик суў тармағы тартылыўы режелестирилди. Көшпели қабыллаў даўамында үйренип шығылған бәнтлик, коммунал тараўдағы машқалалардың шешими қадағалаўға алынды, деп хабар берди район ҳәкимлиги.