Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ҚМУда халық сүйген шайыр Аббаз Дабыловтың 120 жыллығы белгиленди



Қарақалпақ филологиясы факультетинде Өзбекстан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры ҳәм қыссахан Аббаз Дабыловтың 120 жыллық юбилейине арналған «Халық сүйген шайыр» атамасында әдебий кеше өткерилди. Кешеге факультетимиздиӊ кафедра басшылары, профессор оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты. 
Кешеде шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған презентация исленип, студентлер шайырдың қосықларын ҳәм шайырға арнап жазылған қосықларды көркемлик пенен оқып берди. Соң студент жаслар шайырдың «Баҳадыр» дәстанынан үзинди келтирилип, келген мийманларға сахналық көринис қойып берилди. Аббаз Дабыловтың ҳаўазынан жазып алынған қосықлар ҳәм студент жаслар қатнасыўында аяқ ойын жыйналғанлардың нәзерине усынылды.
 
    2018-05-01 07:42:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine