Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ҚМУда халық аралық қуслар күнине арналған илимий семинар болып өтти



Қарақалпақстан хабар агентлигиниң мәлим етиўинше, усы жылдың 2-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тәбияттаныў факультетинде «1-апрель – Халық аралық қуслар күни» мүнәсибети менен «Қуслар – бәҳәр елшиси» атамасында илимий семинар болып өтти. Илажда Өзбекстан қусларды қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы және университеттиң экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының баслығы Яхып Әметов шығып сөйлеп, қуслардың көбейиўи, жасаў шараятлары, усы бағдардағы инсан факторы ҳаққында жыйналғанларға кең түрде мағлыўмат берип өтти. Семинарда факультетте дүзилген «Отус» клубының ағзалары да сөзге шығып, Қарақалпақстан аймағында жасайтуғын қуслар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Семинарға Нөкис қаласындағы бирнеше мектеплердиң оқыўшылары да қатнасты. Илаждың екинши – әмелий бөлиминде мектеп оқыўшылары арасында қуслардың жасаў шараятлары ҳәм басқа да көринислери сәўлеленген сүўретлер таңлаўы өткерилди ҳәм қатнасыўшы оқыўшылар факультет жәмәәти тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды.
 
 
    2018-04-05 06:53:21 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine