Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Китап оқыған оқыўшылар жеңимпаз болды



 Жақында Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис районлық Кеңеси ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлиминиң басламасы менен «Билимданлар аренасы» атамасындағы жас китапқумарлар таңлаўының районлық басқышы өткерилди.
Таңлаўға 31 топар (ҳәр топарда 6 қатнасыўшы) қатнасып, Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси ҳәм Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен таярланған 36 атамадағы әдебий китаплар арасынан сораўлар дүзилип, 6 турда қатнасыўшылардың билим дәрежеси сынақтан өткерилди.
Таңлаў жуўмағында райондағы 1-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары биринши,  21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары екинши, 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары үшинши орынды ийеледи.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
 
    2019-04-17 17:37:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine