Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Kem támiyinlengen shańaraqlarǵa sociyallıq napaqa tayınlaw tártibine ózgerisler kirgizildi



Derek: Ádillik ministrligi
 
Ҳүкиметтиң Кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққындағы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди (588-сан, 15.07.2019-ж.)
Киргизилген қосымшаларға муўапық, 8-10 пуқаралардың өзин өзи басқарыў органына 1 хызметкер есабынан район халық бәнтлигине көмеклесиў орайларының маман қәнигелери бириктирилди. Алдын район финанс органлары қәнигелеринен хызметкер бириктирилген.
Балалы шаңарақларға напақа ҳәм материаллық жәрдем арза бериўшиниң жасаў орны (турақлы ямаса тийкарғы жасап турған орны) бойынша пуқаралардың өзин өзи басқарыў органы тәрепинен тайынланады.
Алдын тек ғана турақлы жасаў орны (турақлы прописка) бойынша пуқаралардың өзин өзи басқарыў органы тәрепинен тайынланған.
Напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ушын орташа айлық жәми дәраматты есаплап шығыўда «Ҳәр бир шанарақ - исбилермен» дәстүри микрокредит алынғаннан ақырғы 12 айда шаңарақ исбилерменликти әмелге асырыўда алынған дәраматлар шаңарақтың жәми дәраматына киргизилмейди.
 
    2019-07-16 18:06:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine