Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Кегейлидеги мешит жаңадан қурылмақта



Кегейли районындағы Искендер ҳәм Алаўатдин ийшан мешитиниң имаратын қайта қурыў ушын жоқарғы шөлкемлерден келисим ҳәм рухсат алынды. Мешиттиң бурынғы имараты тозыўы жеткен, сондай-ақ, мешит орайлық асфальт жол бойынан алыста жайласқанлықтан қыстың қыраўлы күнлери мешитке барыў әдеўир машқала туўдырар еди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Кегейли районы ҳәкимиятының шөлкемлестириўи менен 9-ноябрь күни усы мешиттиң жаңа имаратының биринши гербишин қойыў мәресими болды. Оған Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамшетдин Бауатдинов, район бас имамы Алматдин Абдираззақов, район ҳәкимияты ўәкиллери ҳәм аўыл ақсақаллары қатнасты.
Қурылыс жумысларына жақыннан жәрдем берген жергиликли қәўендерлер, жумысшы ҳәм қурылысшылар ҳақында дуўалар етти.
 
Исламатдин Алланов,
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.
 
 
    2018-11-13 16:41:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine