Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Кегейлиде ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўы болды



3-май күни Өзбекстан жаслар аӯқамы Кегейли районлық Кеӊеси, район ҳәкимлиги ҳәм басқа да бирге ислесиӯши шөлкемлер менен биргеликте райондағы Мәденият ҳәм Халықтыӊ дем алыӯ орайында «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыӯы өткерилди.
Ушырасыӯ шеӊберинде жәмлеспеген жаслар хәм мүддетли әскерий хызметтен қайткан жаслар ушын бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилди. Сондай-ақ, мүдеттели әскерий хызметти өтеп келген жасларға хошаметлеӯ саӯғалары ҳәм олардыӊ  ата-аналарына район ҳәкимлиги тәрепинен алғыснамалар берилди.  Спорт жарысларында район атынан қатнасып Өзбекстан көлеминде сыйлы орынларды ийелеген спортшылар ҳәм олардыӊ тренерлери район ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар аӯқамы районлық Кеӊеси тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саӯғалары менен сыйлықланды. Қатнасыӯшы жаслар өзлерин қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алды.
Ушырасыӯ соӊында районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм ҳәӯескер жас аткарыӯшылар тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди. Бул ҳаққында Кегейли район ҳәкимлиги хабар берди.
 
    2018-05-04 06:12:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine