Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қазақстан жасалма жолдасы Өзбекстанда байланысты тәмийинлейди



Қазақстан жаңа "KazSat-2R" космикалық байланыс системасы жәрдеминде қоңсы Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан пайдаланыўшыларына ең соңғы телекоммуникация хызметлерин көрсетиўди мақсет еткен, деп жазады turon24.uz.
Қазақстан 2011-жылдан берли орбитада "KazSat-2" космикалық қурылмасын аслмастырыў ушын режедегидей "KazSat-2R "ди шөлкемлестириўге таярлық көрмекте. Қазақстан қорғаныў ҳәм аэрокосмикалық санаат министрлигиниң хабар бериўинше, Операциялық жасалма жолдастың геостационар орбитада шамалап активлик мүддети 2023-жылдың ноябрь айына шекем даўам етеди.
"KazSat-2R" космикалық кеме дереклери  «Санлы Қазақстан» мәмлекет бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде белгиленген жолдаслы байланыслы каналларын шөлкемлестириў ушын қолланылады. Бул болса мәмлекеттиң шетки аўылларындағы, сондай-ақ, шегара мәмлекетлери – Тәжикстан, Өзбекстан, Қырғызстандағы пайдаланыўшыларға кең көлемде көп тармақлы интернетке кириў, телекоммуникация хызметлери көрсетиўди тәмийинлейди», - деп белгиленген ҳүжжетте.
Ҳәзирги ўақытта "KazSat-2" космикалық кемесин режедегидей асмастырыў ушын "KazSat-2R" космикалық байланыс системасын жаратыў ҳәм иске түсириў бойынша техникалық тапсырмалардың финанслық ҳәм экономикалық тийкарлары ислеп шығылмақта.
    2018-11-07 12:16:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine