Қазақстан бензинди Өзбекстанға экспорт етиў ҳуқықын алды
Қазақстан ҳәм Россия 3-октябрь күни Республикаға бензин экспортын баслаўға рухсат бериўши баянламаны тастыйықлады, деп хабар берди РИА Новости.
Алдынырақ, «Казмунайгаз» миллий компаниясы басқарыўы баслығының орынбасары Дониёр Тиесов Қазақстан гүзден баслап Қырғызстан, Өзбекстан ҳәм Тәжикстанға бензин жеткерип бериўди режелестирип атырғаны ҳаққында айтқан еди – жыл жуўмағына бола 400 мың тоннаға шекем экспорт етиў режелестирилмекте. 2019-жылы болса бензин экспорты көлеми 1-1,2 миллион тоннаны қураўы мүмкин, деп жазадыkun.uz.