Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарзы жоқлығы ҳаққындағы мағлыўматнаманы салық органына бармай алыўға болады



Юридикалық шахслар, физикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер салық органларына бармай салық қарызлары ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер жоқлығы ҳаққында мағлыўматнаманы Бирден-бир мәмлекет интерактив хызметлери порталы арқалы алыўы мүмкин болды, деп хабар берди UZINFOCOM. «Бул онлайн хызмет өзиниң қайталанбас номерине ийе ҳәм ҳәр қандай талапқа жуўап бериўи мүмкин. Мағлыўматнама берилген органның туўрыдан-туўры салық органларының мағлыўматлар базасынан усынылған мағлыўмат дурыс екенин тексериў имканы бар», - делинген хабарда. Хабарда айтылыўынша, мал-мүлкке ийе болған шахслар бул хызметтен пайдаланыўлары мүмкин. Мағлыўматнаманы порталдан дизимнен өтип, «Хызматлар» бөлими арқалы алыў мүмкин. деп хабар бермекте asr.uz.
 
    2018-01-10 11:20:04 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine