Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Каратэ-до бойынша қызларымыз чемпион болды



Жақында Нөкис темир жол вокзалында 24-25-декабрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген каратэ-до ВКФ жөнелиси бойынша Орайлық Азия чемпионаты қатнасыўшыларын күтип алыў мәресими өткерилди.
Оған республикамыздан 12 спортшы қатнасып, солардан 4 спортшы 2 алтын, 2 қола медалын жеңип алыўға миясар болды, деп хабарладыҚарақалпақстан хабар агентлиги.
Чемпионатқа Иран, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Өзбекистаннан 500 ге шамалас спортшылар қатнасты.
Онда жерлесимиз Наргиза Муртазаева (16-17-жас, -48кг) ҳәм Гүлсара Жолдасова (16-17-жас, +59кг)лар қарсыласларынан үстем келип, 1-орынды ийеледи. Сондай-ақ, Азиза Байжигитова (16-17-жас, -59кг) менен Замира Әлиева (18 жас, -68кг) сыйлы 3-орынды ийелеўге еристи.
Спортшыларды чемпионатқа тренерлерден Сапар Кәлендеров ҳәм Рустам Казаковлар таярлады.
Спорттағы және бир жетискенлик, Әжинияз Мәмбеткәримов Ташкент қаласында төрешилер арасында өткерилген имтиханға табыслы қатнасып, «Халықаралық дәрежедеги төреши» дәрежесин алыў бахтына еристи.
Спортшылардың бул жетиксенликлери ҳақыйқый мәнисте жаңа жыл саўғасы болды.
    2017-12-29 10:02:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine