Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қараөзекте жас-өспиримлер ҳәм қызлар арасында волейбол бойынша жарыстың финал басқышы болып өтти



Жақында Қараөзек районында Өзбекистан Балалар спортын раўажландырыў қорының 15 жыллығына арналып спорттың волейбол түринен 2001-2003 жыллары туўылған жас-өспиримлер ҳәм қызлар арасында спорт жарысының финал басқышы болып өтти. 
          Жарысқа аймақлық басқышларында жеңимпаз болған  Нөкис қаласы, Шоманай, Қоңырат, Беруний ҳәм Қараөзек районының ерлер ҳәм қыз-балалар командалары қатнасты. Жуўмақта ер-балалар арасында Қараөзек районы биринши, Нөкис қаласы екинши, Беруний районы спортшылары үшинши, ал қыз-балалар арасында Беруний районы биринши, қараөзеклилер екинши ҳәм нөкислилер үшинши орынларды өз-ара бөлисти. Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен тярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.
Қ.Жақсымуратов
Қараөзек районы
 
    2017-11-07 12:12:11 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine