Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қараөзекли спортшылар Халық аралық турнир жеӊимпазлары



2018-жыл 6-8-апрель күнлери Халық аралық жаўынгерлик өнерлери ассоциациясы, Өзбекстан миллий олимпия комитети ҳәм Өзбекстан «Ўзбек жанг санъати» федерациясы тәрепинен Ташкент қаласында спорттыӊ жаўынгерлик түрлери бойынша I халық аралық ашық турнир шөлкемлестирилип, онда елимиздеги ҳәм қоӊсылас еллерден жаўынгерлик өнерлери бойынша спорт түрлериниӊ реӊли ҳәм қара белбеў ийелери қатнасты.
Халық аралық жаўынгерлик өнерлери ассоциациясы қабыл еткен қағыйдаларға тийкар алып барылған турнирге қоңсылас Қазақстан, Россия ҳәм басқада еллерден жаўынгерлик өнерлери бойынша спортшылар ҳәм барлық ўәлаятлардан сайланды команда қурамынан спортшылар қатнасқан турнирге Қарақалпақстан Республикасы атынан Қараөзек районы Балалар өспиримлер спорт мектеби спортшылары да мүнәсип қатнасып қайтты. Атап айтқанда, Қараөзек районындағы 2-санлы қәнигелестирилген мектеп 7-класс оқыўшысы Уразбаева Злиха 13-14 жаслы қыз-балалар арасында 38 кг салмақта «жеке беллесиў» жөнелиси бойынша сыйлы 1-орынды, райондағы 26-санлы мектеп 6-класс оқыўшысы Турсынбаев Чаржаў 11-12 жаслы жас-өспиримлер арасында 39 кг салмақта 3-орынды, ал Қараөзек экономика ҳәм турмыс хызмети кәсип-өнер колледжи оқыўшысы Палўанова Ханзада спорт түринен «жеке комплекс» жөнелиси бойынша 17-18 жаслы қыз балалар арасында 3-орынды ийелеўге еристи. Спортшыларды тренерлерден Саламат ҳәм Гүләйим Жийемуратовалар таярлады.
Нөкис темир жол вокзалында спортшылар кен жәмийетшилик ўәкиллери, ата-аналары тәрепинен салтанатлы күтип алынды. Онда Өзбекстан «Ўзбек жанг санъати» федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинен, Қараөзек районы балалар өспиримлер спорт мектеби ҳәм район ҳәкимлиги, халық билимлендириў бөлиминен ўәкиллер, спортшылардың устазлары, ата-аналары ҳәм ғалаба хабар қураллар ўәкиллери қатнасты.
    2018-04-10 08:07:38 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine