Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қараөзек базарында уятлы сөзлерди айтып шаўқым шығарған пуқара 5 сутка ҳәкимшилик қамаққа алынды



Майда бийзарылық, яғный жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларға ҳақаратлы шылқымлық қылыў ҳәмде жәмийетлик тәртипти ҳәм пуқаралардың тынышлығын бузыўшы сол сыяқлы басқа ис-ҳәрекетлерде сәўлеленген жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбеслик — ең кем ис ҳақының үш есесинен бес есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекем мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.
Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы ҳәкимшилик суды тәрепинен 2018-жылдың 8 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 183-статьясы (Майда бийзарылық) менен байланыслы жәми 34 шахсқа 34 ҳәкимшилик иси көрип шығылып, соннан 26 шахсқа 26 ис бойынша жаза қолланыў ҳаққында қарар шығарылған, 8 шахсқа 8 ис өндиристен қысқартылған. Жаза тайынланған (26 шахс) 8 шахсқа жәрийма ҳәм 18 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жазалары тайынланған. Өндиристен қысқартылған 8 ис бойынша 8 шахсқа Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 21-статьясы (Ҳуқықбузарлықтың кем әҳмийетлилиги себепли ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў) қолланылып ескертиў берилген.
Атап айтқанда, пуқара Б.Бахбергенов (аты, фамилиясы өзгертилген) 2018-жыл 27-июнь күни спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында, жәмийетлик орын болған Қараөзек районы дийхан базары аймағында уятлы сөзлерди айтып шаўқым шығарып, пуқаралардың тынышлығын бузып, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен жүргенинде Қараөзек районы ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен иркилген ҳәм бул ҳуқықбузарлық бойынша ҳәкимшилик ис топланып, Қараөзек районы ҳәкимшилик судының 2018-жыл 29-июнь күнги қарары менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 183-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты еткен деп табылып, 5 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланып ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған.
 
М.Бердимуратов
Қараөзек районы ҳәкимшилик суды баслығы
    2018-10-02 05:59:02 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine