Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанның бәнтликке көмеклесиў орайларына «Дамас»лар берилди



Жақында, республикамыздың қалалық ҳәм районлық бәнтликке көмеклесиў орайларына ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда пайдаланыў ушын «ДАМАС» маркалы автомашиналар тапсырылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етпекте.
Бул автомашиналар жәмийетлик жумысларға тартылған жумыссыз пуқараларды кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген жумыс орынларына алып барыў, оларды зәрүр жумыс қураллары менен тәмийинлеў, жумыс бериўшиге ижараға берилетуғын әсбап-үскенелерди жеткерип бериў ушын пайдаланылады. Мағлыўматта айтылыўынша, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, усы күнге шекем сынақ тәризинде республикамыздың Хожели районында еки ай даўамында 26 өзин-өзи басқарыў уйымлары және 3  коммерциялық кәрханалардың буйыртпалары тийкарында жумыссыз 1606 пуқара ўақтынша жумыс пенен тәмийинленди. Соннан, 1513 пуқара район аймағындағы абаданластырыў, 3 пуқара майыплығы бар, кексе ҳәм наўқас пуқараларға қараў, 47 пуқара санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы кәрханалардың жумысларына, 41 пуқара болса жаңа объектлерди қурыў, ири оңлаў ҳәм оңлаў жумысларына тартылып, оларға 1 миллиард 600 миллион сум муғдарындағы мийнет ҳақылары төлеп берилди.
Жәмийетлик жумысларға тартылған пуқаралардың 611 и кем тәмийинленген шаңарақлар болып, олар ушын ноябрь-декабрь айларында 645,2 миллион сум мийнет ҳақы төленип, кем тәмийинленгенлер қатарынан шығарылды.
    2017-12-29 07:26:08 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine