Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанлы исбилерменлердиң 6.4 миллиард қарызынан кешилди



Қарақалпакстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен исбилерменлик субъектлери жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў бойынша алып барылған үгит-нәсият жумыслары нәтийжесинде республикамыздағы 325 пуқараның исбилерменлик жумысларын қайта тиклегени ҳәмде белгиленген тәртипте дизимнен өтиўи менен олардағы 6.4 миллиард сум салық қарызы есаптан шығарылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы Жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторы хабар бермекте. 
Бүгин елимизде исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, жумысларын кеңейтип барыўы ушын имканиятлар, қолайлықлар, шараятлар жаратылып атыр. Соның менен бирге, артықша тексериў ҳәм әўерегершиликлерди сапластырыў мақсетинде де реформалы дәстүрлер әмелге асырылмақта.
Президентимиздиң 2017-жыл 27-июль сәнесиндеги «Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқуқларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын буннан былайда жетилистириў илажлары ҳақққында»ғы ПП-5490-санлы пәрманы исбилерменликти раўажландырыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларды жаңа басқышқа көтериўде, тараўдағы ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм исбилерменлердиң исенимли ҳуқықый мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўде хызмет етпекте.
–Бир неше жылдан берли мәмлекеттен финанслық жәрийма нәтийжесинде келип шыққан қарызларымды тоқтатыў мәселесин шеше алмай қыйналып жүрген едим,–дейди пуқара Қ.Хожаев. – Мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлерди, салықтағы карызымның кешилиўин еситип исбилерменликке болган қызығыўшылығым және де асты ҳәм усы күнниң өзинде-ақ жумысымды қайта тикледим. Мәмлекетлик салық хызмети органлары тәрепинен мениң 58,3 миллион сумлық салық қарызым есаптан шығарылды. Усы орында, биз исбилерменлер ушын бундай имканиятларды жаратып берип атырған Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен.
Әлбетте, елимизде исбилерменлер ушын имканиятлар есиги кең ашылған. Олардан мақсетке муўапық, дурыс пайдалана алыў болса дәўирдиң талабы болып табылады.  
 
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
    2018-11-05 15:25:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine