Қаракалпақстанлы 3 студент министрлик стипендиясы женимпазы болды
Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы хабар технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў Министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген 2018-2019-оқыў жылы ушын стипендия ийелерин сыйлықлаў мәрәсими болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасынан Ташкент информация технологиялары Нөкис филиалыныӊ студентлери Давид Конарбаев ҳәм Улбосын Сапарова, филиал жанындағы Академиялық лицей оқыўшысы Дилфуза Исмаиловалар жеӊимпаз деп табылды.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы бойынша 2018-2019-оқыў жылы ушын жәми 22 жас Өзбекстан Республикасы хабар технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў Министрлигиниң стипендия ийелерине айланды.