Қарақалпақстанға келиўши туристлер саны өткен жылға салыстырғанда 80 процентке асты
Қарақалпақстанда мийманханалар усы жылдың тоғыз айы даўамында 11 мың 433 шет елли туристлерге хызмет көрсеткен. Бул өткен жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 80 процентке көп. Бул ҳаққында Тuron24ке Туризмди раўажландырыў комитетиниң Қарақалпақстан бөлими мәлим етти.
Қарақалпақстанда бар болған 31 мийманхана бир ўақыттың өзинде 1 мың 153 мийманға хызмет көрсетиў имканиятына ийе. 15 туроператор жумыс ислеп атыр. Бул субъектлер 7 транспорт қуралына ийе.
Ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, мәмлекет ҳәм мәмлекетлик емес кәрханалар ҳәм шөлкемлер хызметшилериниң Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейине келиўшилер саны 34 мың 130 ды қурайды.