Қарақалпақстанда “Жасыл қапламалар” қорғаў тоғайзарлықларын жаратыў жумыслары басланды
Қарақалпақстан Республикасында Арал теңизиниң түбиндеги суў қурыған майданларда “Жасыл қапламалар” қорғаў тоғайзарлықларын жаратыў жумыслары басланды.
Усы жерде, өткен жыллар даўамында Аралдың қурып қалған аймағында сексеўил ҳәм басқа да қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлерден ибарат 490 мың гектарға шамалас путалықлар жаратылғанын атап өтиў орынлы.
Усы жумыслардың системалы даўамы сыпатында Арал теңизи ултанындағы суўы қурыған майданларда самал тәсиринде жүзеге келетуғын күшли қум, дуз ҳәм шаң боранларының зыянын азайтыў, қумның ҳаўаға көтерилиўин сапластырыў, регионда экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде 2019-2021-жылларда жәми 500 мың гектар, соннан 2019-жылда 100 мың, 2020-жылда 160 мың, 2021-жылда 240 мың гектар “Жасыл қапламалар” қорғаў тоғайзарлықларын жаратыў белгиленген.
Ҳәзирги ўақытта усы илажларды әмелге асырыўға сексеўил өсимлигин егиў ушын 200 ге шамалас ҳәр қыйлы түрдеги зәрүр техникалар, транспорт ҳәм механизмлер, сондай-ақ, 2000 ға шамалас тоғай хожалығы ҳәм басқа да қәнигелескен хызметкерлер тартылмақта.
Олар 2 жөнелис бойынша, соның ишинде, Қараөзек районынан «Ақпеткей» және Мойнақ районынан “Сургил-Ахантай” Аралдың суўы қурып қалған аймақларында өсимликлерди егиў жумыслары басланбақта.
Мағлыўмат орнында, бул илажлардың Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң усы жылдың l5-l6-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмаларына тийкар әмелге асырылып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети