Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанда жаңа балалар бақшасын салыўда нелерге итибар бериледи?



«Еркин Қарақалпақстан» газетасында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Уснатдинова Жумагүл Шараповна менен сәўбет жәрияланды. Онда берилген мағлыўматты нәзериңизге усынамыз.
Мектепке шекемги билимлендириў жасындағы балаларды бақшаларға басқышпа-басқыш қамтып алыў мақсетинде республикамыздан 2018-жылы 50, 70, 100, 120 ҳәм 150 орынлық 170 мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жеке меншик балалар бақшаларын қурыў нәзерде тутылмақта. Нөкис қаласынан 20, қалған ҳәр бир районлардан 10 нан мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў бойынша жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте инвесторларды тартыў ислери әмелге асырылмақта. Бул бақшаларды қурыўда Қарақалпақстан Республикасы ықлым шараяты есап­қа алынады. Қурылатуғын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери жазда салқын, қыста ыссы, асханалары бөлек болыўы, сондай-ақ, халықтың жасаў орынларындағы талап ҳәм усыныс-пикирлери үйренилип итибарға алыў нәзерде тутылмақта. Бундай мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыўда жумсалатуғын қаржының тең ярымын, яғный, 50 процентин мәмлекет қаплайды, қалған 50 процентин  жеке шериклик тийкарында меншик ийеси тәрепинен болады. 2018-жыл ушын ислеп шығылған инвестиция бағдарламасына 6 жаңа қурылыс, 29 реконструкция, 16 капитал оңлаў ислери алып барылыўы ушын 51 мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери киргизилген.
Ҳәзирги күнде республикамызда үш — Нөкис қаласында «Киндерланд-Нукус», «Оқыўлардың султаны» ҳәм Қоңырат районында «Хаппи-баби-Қоңырат» мәмлекетлик емес жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде 126 бала тәрбияланып атыр.
Республикамыздың Төрткүл районында 6 жастағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринен ашылатуғын «0» классларға толық қамтыў бо­йынша тәжирийбе-сынаў ислери шөлкемлестирилип атыр. Қубла Корея мәмлекетиниң билимлендириў моделинен пайдаланып, тәлим-тәрбияның жаңа стандарт бағдарламасын қолланыў белгиленген. Жумыслар басланып, районлардағы бақшаға бармайтуғын 6 жастағы балалар бойынша мағлыўматлар алынбақта.  
 
Гүрриңлескен:
Бийбижамал  КАРАМАТДИНОВА.
    2018-02-02 10:36:08 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine