Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанда шет елге шығыў паспортлары өз ийелерине тапсырылмақта



Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы тәрепинен шет елге шығыў ушын арнаўлы паспортлар өз ийелерине тапсырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы берген мағлыўматына қарағанда, жыл басынан усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасынан 1500 ден аслам пуқаралардың ҳүжжетлери қабыл етилген ҳәм ҳәзирги ўақытта паспортлар өз ийелерине избе-из ҳүжжетлестирилип берилмекте.
Өзбекстан Республикасы пуқараларының шет елге шығыўы ушын берилип атырған усы биометрик паспорт – шет елге шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағына кириў, сондай-ақ, шет елде турыў ўақтында ийесининг шахсын ҳәм Өзбекстан Республикасының пуқарасы екенлигин тастықлайтуғын, паспорт ийесиниң жеке биографиялық мағлыўматлары ҳәм биометрик параметрлери сақланған электрон хабар тасыўшы (чипке) ийе болған хужжет болып табылады. Паспорт 48 беттен ибарат болып, тойғын қызыл реңде.     
– Өзбекстан Республикасы пуқараларының шет елге шығыўы ушын берилип атырған усы биометрик паспортлар халқымыз ушын қолайлы шараят жаратып, пуқаралардың шет елге шығыў тәртибин, әсиресе,  мәмлекет шегарасы арқалы өткериў пунктлеринде паспорт қадағалаўын әпиўайыластырады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасының баслығы Б.Үббиниязов.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы тәрепинен шет елге шығыў ушын арнаўлы паспорт алыў нийетин билдирген пуқарлардың ҳүжжетлерин қабыллаў даўам етпекте.
 
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
    2019-02-08 11:26:13 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine