Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанда пахта режеси 80 проценттен асты



Қаракалпақстан Республикасында пахта жыйым-терим жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде 1 мың 431 терим отрядлары шөлкемлестирилип, 107 мың 500 ден артық теримши бириктирилди. Бул ҳаққында ЎзА хабар берди.
Қарақалпакстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күни 147 мың 800 тоннадан артық пахта мәмлекетке тапсырылды ҳәм шәртнамалық реже 80 проценттен асты.
Мағлыўматта айтылыўынша, бүгинги күнге шекем 1 мың 229 фермер хожалығы белгиленген шәртнама режесин артығы менен орынлаған. Әмиўдәрья районы 33 мын тоннадан артық пахта тапсырып, районлар арасында биринши болып шәртнамалық режесин 101,7 процентке орынлаған.
    2018-11-01 12:10:20 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine