Қарақалпақстанда кем тәмийинленген шаңарақларға қыс мәўсиминде материаллық жәрдем көрсетиледи
2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары нәтийжелери бойынша усы аймақтағы кем тамийинленген шаңарақларды қыс мәўсиминде жәнеде қоллап-қуўатлаў бағдарында берген тапсырмалары тийкарында Ҳүкимет бийлиги қабыл етилди.
Бийликке көре, 2018-жыл декабрь айында Қарақалпақстан Республикасында жасап атырған социаллық жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген 50 мың шаңараққа көмир сатып алыў ҳәм оларға қыс мәўсимине таярлық көриў илажлары ушын материаллық жәрдем сыпатында 400 мың сумнан бир мәртелик төлемлер ажратылады.
Усы илажларды әмелге асырыў ушын 20 миллиард сум қаржы бағдарланады.
Усы қаржылар биринши нәўбетте социаллық напақа алыўшыларға, жалғыз пенсионерлерге ҳәмде Қоңырат, Мойнақ, Тахтакөпир, Қараөзек районларындағы социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмийинленген шаңарақларға ажратылыўы нәзерде тутылған.
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme