Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанда 2 мың 64 шаңараққа мәнзилли жәрдем көрсетиў белгиленди



Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-сентябрьдеги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша кәсиплик аўқамлары тәрепинен республикамыздың барлық аймақлары менен районларында кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық-турмыслық жағдайы үйренилип, турақ жай ҳәм турмыслық техника менен тәмийинлеў, жасап атырған үйлерин оңлаў, медициналық хызмет көрсетиў бағдарында әмелий жәрдемге мүтәж шаңарақлар анықланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етпекте.
Усы категориядағы шаңарақлардың дизими жергиликли ҳәкимликлер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланып, быйылғы ҳәм келеси жылларда халықтың кем тәмийинленген қатламларына бийғәрез жәрдем көрсетиў бойынша аймақлық мәнзилли бағдарлама ислеп шығылды. Бүгинги күнде усы бағдарламаға муўапық республикамыз бойынша 2 мың 64 шаңараққа мәнзилли жәрдем көрсетиў, атап айтқанда 32 шаңарақты турақ жай менен тәмийинлеў, 160 шаңарақтың жасап турған үйлерин оңлап бериў, 96 шаңарақтағы медициналық жәрдемге мүтәж ағзаларының саламатлығын тиклеў ҳәм 1776 шаңараққа турмыслық техника үскенелерин тапсырыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Мине, усындай қайырлы илажлардың бири республикамыздың Шоманай районында өткерилди. Республикалық кәсиплик аўқамлары ўәкиллери райондағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Смайлова Ғәзийнеханның шаңарағында болып, оған саламатлығын беккемлеў ушын дәри-дәрмақ алыўға, «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны, жети жасар Назокат Атабаеваға туўма жүрек кеселлигин операция жолы менен емлеўге арнаўлы сертификатлар тапсырылды. Бундай жумыслар алдағы ўақытлары да даўам етеди.
 
    2017-12-28 08:13:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine