Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстан шөллерине қарағай нәллери егилди




Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы (ӨзИА) Улыўма ҳәм ноорганикалық химия институты алымлары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институты менен биргеликте Қарақалпақстанның шөл аймақларын көгалландырыў бойынша жаңа жойбар үстинде жумыс баслады.Бул ҳаққында ЎзА хабаршысы Есимхан Қанаатов хабар берди.

Тәжирийбе ретинде Қараөзек районының 1 гектар жерине Эльдар ҳәм Қырым қарағайлары нәллери егилди, - дейди жойбар баслығы ӨзИА Улыўма ҳәм ноорганикалық химия институты докторанты, химия пәнлери кандидаты Алым Асаматдинов. – Бул өсимлик қурғаққа ҳәм суўыққа шыдамлы. 100 жылдан 600 жылға шекем жасайды. Қарағай жүдә тез өседи, топырақ таңламайды. Оның ушын ең мақул топырақ – бул қумлы топырақ.
Қарақалпақстан жериниң суўы кемлиги есапқа алынып, бул нәллерди отырғызыўда ӨзИА Улыўма ҳәм ноорганикалық химия институты сырт-актив элементлер лабороториясында ойлап табылған ығалды услап турыўшы гидрогеллерден пайдаланылады.
Кейинги 3-10 жыл ишинде бул аймақларда қарағай ийнелери түсиўи нәтийжесинде топырақтың қайта тиклениў процесси басланады.

Алымның инновациялық идеясын әмелге асырыўда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институты шериклик етпекте. Бул институт көмеги менен Қараөзек райоынан тәжирийбе жер майданы ажыратылды.
    2018-11-02 13:48:13 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine