Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстан Республикасы судлары қурамына өзгерислер киргизилди



Қарақалпақстан Республикасы судлары қурамына төмендегише өзгерислер киргизилди:
Якубов Зафар Атабаевич– Жынаят ислери бойынша Беруний районлық судының баслығы лаўазымына;
Салиев Амангелди Ганибаевич – Нөкис қалалық ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына;
Бекимбетов Махсет Адилханович – Тахтакөпир районлық ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына;
Байымбетова Зухра Расбергеновна – Мойнақ районлық ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққда Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды ҳуқықый мәлимлеме каналы хабар берди.
2019-жыл 14-январь күни Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды Президиум мәжилислер залында олардың өз лаўазымларын атқарыўға кирисиўинен алдынғы ант бериў кешеси болып өтти. Яғный, судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған судьялар өзине жүклетилген ўазыйпаларды ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлаўға, әдил судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға, судьялық миннетлемеси ҳәм ҳүжданы буйырғанындай бийғәрез, қалыс ҳәм әдил болыўға салтанатлы түрде ант етти.
 
    2019-01-15 11:17:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine