Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры тайынланды



Қарақалпақстан хабар агентлигиниң мәлим етиўинше, усы жыл 15-ноябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясы болып өтти. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ҳаққындағы мәселе көрип шығылды ҳәм усы лаўазымда ислеп келген Эркабай Таджиевтиң басқа жумысқа өтиўине байланыслы оны Республика Прокуроры лаўазымынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына бурын Өзбекистан Республикасы Бас Прокуратурасының бөлим баслығы лаўазымында ислеп келген Рахматов Рашид Насруллоевич тайынланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
 
    2017-11-15 11:58:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine