Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында жаңа фонд шөлкемлестирилди
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў фонды өз жумысын баслады.
Фондтың жумысы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 13-октябрьдеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-июльдеги “Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин артырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-3856-санлы қарарына және Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң 2018-жыл 20-августтағы 23-Б-санлы буйрығына тийкарланған 586-санлы қарарына муўапық жолға қойылмақта.
Жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў фондының тийкарғы ўазыйпалары болса, төмендегилерден ибарат:
Аўыллық жерлерде турақлы жумыс орынларын шөлкемлестиретуғын исбилерменлик субъектлерин кредитлер менен қоллап-қуўатлаў ушын коммерциялық банклерде кредит линияларын ашыў;
Жумысшы күши көп болған аймақларда мәмлекетлик-жеке-меншик шериклик шәртлери тийкарында, әсиресе, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламлары ушын жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын кәрханаларды шөлкемлестириў, онда Аймақлық фондлардың шөлкемлестирилген кәрханалардағы үлесин жеке-меншик шериклерге соңғылығында реализациялаў шәртин нәзерде тутыў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қарарлары бойынша жумыс орынларын шөлкемлестириўге ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған басқа да илажларды әмелге асырыў усылардың қатарына киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў фондында 4, соның ишинде, атқарыўшы директор, есапшы ҳәм 2 қәнигелер жумыс алып барады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети